Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.02.2021 12:26
  • 803

1-февральдан баслап метан газдиң баҳасы қымбатлайды

1-февральдан баслап метан газдиң баҳасы қымбатлайды
1-февраль, дүйшемби күнинен баслап Өзбекстанда метан газдиң баҳасы 2800 сумға шекем көтериледи. Бул ҳаққында «Effect.uz» сайты хабар берди.

Мәлим болыўынша, қысылған газ ҳәм энергия ресурсларына болған акциз салығы көтерилгени себепли 2021-жыл 1-февральдан баслап 1 кубометр газдиң баҳасы 2800 сумға шекем қымбатлайды.

Еслетип өтемиз, 2021-жыл 1-февральдан бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы және стипендиялар муғдары 1,1 есеге (10 процентке) көбейтиледи.

Яғный:

Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 747 300 сум;
Базалық есаплаў муғдары – 245 000 сум;
Бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа – 434 000 сум;
Кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем 326 000 сумнан 653 000 сумға шекем етип белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...