Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.02.2021 12:36
  • 938

Нөкисте 13 көп қабатлы турақ жайдың авариялық жағдайға келгенлиги анықланды

Нөкисте 13 көп қабатлы турақ жайдың авариялық жағдайға келгенлиги анықланды
«Ўзкоммуналлойиҳақурилиш» МУК тәрепинен берилген жуўмақларға муўапық, Нөкис қаласында 13 көп қабатлы турақ жайдың авариялық жағдайға келгенлиги анықланды ҳәм оларды бузыў (снос) бойынша жуўмақ ҳүжжетлери берилди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Нөкис қаласындағы авариялық жағдайдағы көп қабатлы турақ жайлар:

1. «Сәрбиназ» МПЖ аймағындағы Таң жулдызы (бурынғы Аманбаев) көшесиндеги 6 жай (2 қабатлы);
2. «Ғәрезсизлик» МПЖ аймағындағы Мийрас (бурынғы П.Тлегенов) көшесиндеги 1 жай (2 қабатлы);
3. «Қаратаў» МПЖ аймағындағы Кәрўан сарай (бурынғы Абай) көшесиндеги 6 жай (2 қабатлы).

Нөкис қаласы ҳәкимлиги усы көп қабатлы турақ жайларды бузып, орнына жаңа имаратлар тиклеў мақсетинде қурылыс кәрханалары арасында тендер таңлаўы өткерилетуғынлығын хабарлайды.

Оған қатнаспақшы болған қурылыс кәрханалары Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң Қурылыс бөлимине 2021-жылдың 21-февраль күнине шекем хабарласыўы, 2021-жыл 25-февраль күни қурылыс кәрханалары арасында тендер таңлаўы өткерилетуғынлығы мәлим етилген.

Қосымша мағлыўматларды (61) 222-75-77 телефон номеринен алыўға болады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,