Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.02.2021 17:48
  • 799

Кегейлиде жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди

Кегейлиде жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди
Бүгин, 15-февраль күни Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң жуўмақланғанына 32 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында байрам илажлары өткерилмекте.
Кегейлиде жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди
Мине, усындай байрам илажы Кегейли районында да болып өтти. Илажды район ҳәкими Д.Утемуратов қутлықлаў сөзи менен ашып берди. Өткерилген кешеде Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерде белсене қатнасқан жерлеслеримиз ушын байрам дастурханы жайылып, оларға көкирек белгилери тапсырылды.
Кегейлиде жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди
Сондай-ақ, илаж даўамында район ҳәкими майыплығы болған жаўынгер-ветеранлар ҳәм олардың шаңарақларының ҳал-жағдайынан хабар алды.

Мағлыўмат ушын, 1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстан аймағында болып өткен әскерий ҳәрекетлерде 3580 ер-азаматымыз қырағылық пенен қатнасып, олардан 89 жаўынгер өз әскерий миннетин өтеў ўақтында қайтыс болған.
Кегейлиде жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди
Бундай илажлар арқалы жерлеслеримиздиң батырлығын қәдирлеп, олардың көпке өрнек боларлық исин кейинги әўладларға жеткериў мақсет етилген, деп хабар берди Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты....

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте