Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының бас дирижёры, белгили композитор Қурбанбай Зәретдинов 1951-жылы 25-февральда Кегейли районында туўылған.Ол 1975-жылы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының дирижёрлық-хор факультетин питкерди. 1975-1977-жыллар аралығында Нөкис музыкалық училищеси оқытыўшысы, 1981-1987-жылларда Бердақ атындағы Мәмлекетлик филармониясы симфоникалық оркестриниң дирижёры, 1989-1991-жыллары Бердақ атындағы театрдың бас хормейстери ҳәм бас дирижёры, 1992-жылдан Қарақалпақстан Композиторлар аўқамы баслығы, 2008-жылдан Қарақалпақ мәмлекетлик университети музыкалық тәлим кафедрасының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти.
Қурбанбай Зәретдинов көплеген симфоникалық дөретпелер, қосықлар, поэмалар, пьесалар, балетлерге музыкалар жазды.
Қарақалпақ көркем өнери ушын ислеген мийнетлери ушын Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болып, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери атақлары берилди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz