Қазақстанның Қостанай областында Амангелди районының аймағында бир ҳәпте алдын бийдәрек жойтылған шопан аман-есен табылды, деп хабар бермекте «Stan.kz» агентлиги.
Хабарда жазылыўынша, 49 жаслы Амангелди Туржанов 20-февральда жылқыларын излеп кетип, қайтып келмеген – бийдәрек жойтылған.
Оны излеў ушын елиўге шамалас адам қатнасқан: полиция, қутқарыўшылар ҳәм жергиликли турғынлар. Амангелдини излеў ушын 26-февраль күни Нур-Султан қаласынан вертолёт та жетип келген.
Қутқарыўшылар вертолёт арқалы Амангелдиниң жылқысын таўған. Шопан усы жылқының қасында болған. Мәлим болыўынша, ол өзин қамыс ҳәм қарға көмип жатқан.
- Жергиликли аўыл хожалығы кәрханаларының биринде шопан болып ислейтуғын 50 жастағы ер адам 27-февральда саат 11:30 да Обалы аймағында қамыстың арасынан табылды. Ол қатты шаршаған ҳәм өзи зорға ҳәрекет етеди. Усы ўақытқа шекем далада болған. Оның жанында жылқысы да болған, - деп жазған Қостанай областы Айрықша жағдайлар департаменти.
Шопан вертолёт жәрдеминде Жезқазғандағы медициналық бирлеспеге жеткерилген. Шыпакерлер оның жағдайы қанаатландырарлы екенлигин мәлим еткен.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz