
Бүгин, 10-март күни Өзбекстан мусылманлары басқармасында интернет тармағы пайдаланыўшылары арасында өткерилген «Жыл таңлаўы – 2020» таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў илажы болып өтти.

«Nasiyat.uz» сайтының хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы «Имам Ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешити «Жыл таңлаўы – 2020» таңлаўында «Ең абат мешит» бағдары бойынша 1-орынды ийеледи.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz