Telegram karinform

Спорт

  • 17.03.2021 17:20
  • 1213

Жоқарғы Кеңес Баслығы жас спортшыларды сыйлықлады

Жоқарғы Кеңес Баслығы жас спортшыларды сыйлықлады
Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың волейбол ҳәм футзал түрлери бойынша мәмлекет көлеминдеги жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен жас спортшыларымызды сыйлықлаўға бағышланған илаж өткерилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ўәкиллери, спортшылардың ата-аналары, устазлары менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жас спортшыларымызды жеңис пенен қутлықлап, келешекте халықаралық спорт жарысларында, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында да үлкен жетискенликлерге ерисиўине тилеклес екенлигин айтып өтти.

Елимизде спортты раўажландырыў, өсип киятырған жас әўлатды кәмил инсан етип тәрбиялаў, жас спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде жасларымыз мәмлекет ҳәм халықаралық спорт жарысларында жеңислерге ериспекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жас спортшыларды сыйлықлады
Атап айтқанда, волейбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы қызлар сайланды командасы «Универсиада-2020» спорт жарысларында жеңиске еристи, Өзбекстан суперкубогы жарысында биринши орынды ийелеп, Азия чемпионатына жоллама алды. Усы жыл 6-10-март күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында спорттың футзал түри бойынша 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында «Спорт мектеплери футбол лигасы» шеңберинде өткерилген Өзбекстан чемпионатында Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы чемпион болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жас спортшыларды сыйлықлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы жас спортшыларды сыйлықлады
Илажда жас спортшыларымызға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алғыснамасы ҳәмде естелик саўғалар тапсырылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

    Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

    Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.    Волгоград

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы