Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.03.2021 13:48
  • 1479

«AstraZeneca» вакцинасы қурамында шошқа организминиң элементлери бар ма? Компания анықлық киргизди

«AstraZeneca» вакцинасы қурамында шошқа организминиң элементлери бар ма? Компания анықлық киргизди
«AstraZeneca» компаниясы ең көп мусылман халыққа ийе болған мәмлекет – Индонезияда тарқалған қәўетерлерге жуўап сыпатында коронавирусқа қарсы ислеп шыққан вакцинасы қурамында шәриятта қадаған етилген шошқа организминиң элементлери жоқ екенлигин мәлим етти.

Индонезияның жоқарғы мусылман кеңеси өткен ҳәптеде «Astra Zeneca» вакцинасының қурамында шошқаның асқазан асты безинен алынған трипсин элементи бар екенлигин айтып, оны ҳарам деп пәтўа берген, бирақ препаратты тек ғана пандемия шараятында айрықша қолланыўды мақуллаған еди.

21-март күни «AstraZeneca»ның Индонезиядағы ўәкили Ризмон Абудайри усы мәселеде баянат берди.

- Бул вектор вируслы вакцинаны ислеп шығарыў процесиниң ҳеш бир басқышында шошқа ямаса басқа ҳайўанлардан алынатуғын ҳеш қандай элементтен пайдаланылмайды, усы сыяқлы элементлердиң ислеп шығарыў процесине байланысы жоқ, - деп айтып өткен рәсмий билдириўинде.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

    Суў Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына