Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.03.2021 15:58
  • 789

Ғалабалық тәртипсизликлерге шақырғанлар жынайый жуўапкершиликке тартылады

Ғалабалық тәртипсизликлерге шақырғанлар жынайый жуўапкершиликке тартылады
30-март күни президент тәрепинен қол қойылған нызамға муўапық, Жынаят кодексине ғалабалық тәртипсизликлер ҳәм пуқараларға қарсы зорлық ислетиўге шақырыў ушын жуўапкершилик киргизилди.

Оған муўапық, усы қылмысты әмелге асырған адамлар базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен 300 есесине шекемги жәрийма ямаса 2 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 3 жылдан 5 жылға шекемги азатлықты шеклеў яки болмаса 3 жылдан 5 жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады.

Егер усы ҳәрекетлер бир топар адамлар тәрепинен алдын ала тил бириктирип ямаса ҒХҚ, телекоммуникациялық тармақлар, интернеттен, сондай-ақ, текстти көбейтиўдиң баспа яки басқа усылларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылған болса, базалық есаплаў муғдарының 300 есесинен 400 есесине шекемги жәрийма ямаса 2 жылдан 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 5 жылдан 10 жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер