Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.04.2021 17:54
  • 1470

Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ариповтың шығармалары қарақалпақ тилинде

Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ариповтың шығармалары қарақалпақ тилинде

Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Ариповтың қосықлар топламы қарақалпақ тилинде баспадан шықты. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы хабар берди.

«Ағар дәрья» деп аталған китап шайырдың 80 жыллығы мүнәсибети менен китапқумарлар итибарына усынылды. Белгили қарақалпақ дөретиўшилери Кеңесбай Кәримов, Бахтыяр Генжемуратов, Халила Дәўлетназаров, Набира Төрешова, Шарапатдин Аяпов, Муратбай Нызанов, Кеңесбай Реймов ҳәм басқалар тәрепинен аўдарма исленген китап «Билим» баспасында жарық көрди.

Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Кәримов тәрепинен баспаға таярланған топламды китапқумарлар үлкен қызығыўшылық пенен күтип алды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда