
Хожели районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы лаўазымына Ниятуллаев Пердебай Жумабаевич тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мағлыўмат ушын, П.Ниятуллаев усы күнге шекем Хожели районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеген.
Еслетип өтемиз, районлық мәмлекетлик салық инспекциясының алдынғы баслығы Президент тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжилисинде жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўда немқурайдылыққа жол қойғаны ушын жумыстан босатылған еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz