Өзбекстан Республикасы «Эзгу амал» жәмийетлик қайырқомлық фонды басламасы менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң «Ўзбекистон билан бирдамлик» жойбары жәрдеминде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында улыўмалық баҳасы 55 162 АҚШ долларлық жаңадан кислород станциясы иске қосылды. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
«Ўзбекистон билан бирдамлик» жойбарының белсендилери Мариника Бабаназарова ҳәм Шерзод Кенжебаевлар тәрепинен кислород станциясы ушын Өзбекстан ҳәм сырт еллердеги жерлеслеримизден қайырқомлық қаржылары жыйналды. Бул кислород станциясын орнатыўда қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў ушын ҚР Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 309 миллион сумнан артық қаржы ажыратылды.
Алдын филиалда кислород баллонларда басқа жерден алып келинип, бул әдеўир ўақыт ҳәм қаржыны талап етер еди. Енди болса, филиал кислород пенен үзликсиз тәмийинленеди. Сондай-ақ, айрықша жағдайларда кислород тәмийнатының үзилип қалмаўына да итибар берилип, алдын ала толтырылып қойылған газ баллонлары автомат тәризде филиалды кислород пенен тәмийинлейди.
Бүгин усы станцияның ашылыў мәресими болып өтип, оған «Эзгу амал» жәмийетлик қайырқомлық фондының Қарақалпақстандағы ўәкили Замира Клычева, «Ўзбекистон билан бирдамлик» жойбарының белсендиси Мариника Бабаназарова, ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Акмал Асқаров ҳәм филиал директоры Саламат Бегалиевлер қатнасты. Ашылыў мәресиминде Мариника Бабаназарова сөзге шығып, бул кислород станциясының филиалға алып келиниўи ҳәм оның қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдеги әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Илаж барысында ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Акмал Асқаров ҳәм филиал директоры Саламат Бегалиевлер «Эзгу амал» жәмийетлик қайырқомлық фондына өз миннетдаршылығын билдирди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz