Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2021 13:41
  • 1116

Кегейлиши мектеп оқыўшылары әскерий-спорт жарысында Өзбекстан көлеминде теңсиз болды

Кегейлиши мектеп оқыўшылары әскерий-спорт жарысында Өзбекстан көлеминде теңсиз болды
Усы жылдың 29-30-апрель күнлери Ташкент қаласында улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында ӨзР Қорғаныў министриниң кубогы ушын «Ўатансүйиўшилер» («Ватанпарварлар») әскерий-спорт жарысы болып өтти.

Жарыс жуўмағында барлық шәртлер бойынша жоқары нәтийже көрсеткен Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Лашын» командасы Өзбекстан Республикасы басқышында 1-орынды ийеледи. Бул ҳаққында ҚР Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Кегейлиши мектеп оқыўшылары әскерий-спорт жарысында Өзбекстан көлеминде теңсиз болды
Жеңимпаз ҳәм сыйлықланыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль, дипломлар, ҳүрмет жарлықлары және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...