Усы жылдың май айында Қубла Аралбойы Өзбекстан-Россия комплексли археологиялық экспедициясы жумысларының екинши мәўсими жумыс баслады.
ӨзР Илимлер академиясының хабар бериўинше, экспедиция жумысларында ӨзР ИА Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер институты ҳәм Россия Илимлер академиясы Шығыстаныў институты, Россия ИА Н.Н.Миклухо-Маклай атындағы этнология ҳәм антропология институты, Россия Шығыс халықлары көркем өнери музейиниң илимий хызметкерлери қатнаспақта.
Елликқала районы аймағында жайласқан «Үлкен Қырққыз қала» естелигинде әмелге асырылған археологиялық қазыў жумыслары усы аймақта әййемги дәўирлерде жасаған халықлар тарийхы ҳаққындағы жаңа мағлыўматларға тийкар болады. Археолог-илимпазлардың атап өтиўинше, бул қала эрамызға шекемги IV-III әсирлерде қурылған болып, эрамыздың VII-VIII әсирлерине шекем гүллеп раўажланған.
Қаланың батыс тәрепинде сыртқы комплекс – ири монументал имарат болып, онда археологиялық қазыў даўамында антик керамика үлгилери, турмыслық буйымлар, ең әҳмийетлиси, толық айқулақ (радуга) реңлерин өзинде жәмлеген дийўалый реңли көринислердиң үлгилери табылды.
Хабарда жазылыўынша, бул объект сийрек гезлесетуғын археологиялық естелик болып табылады. Сондай-ақ, қала аймағынан теңгелер де табылған ҳәм оларды реставраторлар үйренбекте.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz