Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2021 12:22
  • 1131

Бул үшиншиси: «Қызкеткен»ге өзин таслаған қараөзекли қыз қутқарып қалынды

Бул үшиншиси: «Қызкеткен»ге өзин таслаған қараөзекли қыз қутқарып қалынды
Усы жылдың 10-июнь күни түнги саат 22:10 ларда Нөкис қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаўға бириктирилген патруль бағдарында хызмет алып барып атырған Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери «Дослық» («Қызкеткен») каналына өзин таслаған қызды суўдан қутқарып алды.

Өз ўақтында биринши медициналық жәрдем көрсетилип, қалалық медициналық бирлеспесине алып барылған бул қыз дәслепки сорастырыўлар даўамында Қараөзек районында жасайтуғын 2002-жылы туўылған пуқара У.Т. екенлиги мәлим болды, деп жазбақта Миллий гвардия баспасөз хызмети.

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша Нөкис қалалық ИИБ тәрепинен сорастырыў жумыслары даўам етпекте.

Еслетип өтемиз, алдын 26-апрель күни ҳәм 19-май күни Миллий гвардия хызметкерлери «Қызкеткен» каналына өзин таслаған қызларды қутқарып қалғаны ҳаққында хабар берген едик.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын буннан былай да кеңейтиў