Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.06.2021 16:16
  • 809

«Lada» ҳәм «Nexia» автомобильлери соқлысығыўының ақыбети аянышлы болды

«Lada» ҳәм «Nexia» автомобильлери соқлысығыўының ақыбети аянышлы болды
Усы жылдың 8-июнь күни саат 21:30 да Хожели районы «Қулап» АПЖда жасаўшы Н.М өзине тийисли болған «Lada Largus» маркалы мәмлекетлик белгиси 95 H 449HA болған автомашинасын Хожели районы аймағынан өтиўши 4Р-171Д автомобиль жолының 8-9-километринде басқарып киятырғанында екинши дәрежели жолда Хожели районы Колхозная көшесинде жасаўшы пуқара Н.Н. басқарыўындағы «Nexia-2» маркалы мәмлекетлик белгиси 95 D 948FA болған автомашинасы менен бас жолға шығып, жол-транспорт ҳәдийсесин келтирип шығарған.

ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының хабар бериўинше, усы еки автомашина соқлығысыўы ақыбетинде «Nexia» автомашинасы басқарыўшысы дене жарақатларын алып, районлық медицина бирлеспесинде алған жарақатлары себепли өзине келместен қайтыс болған. Ҳәдийсениң келип шығыў себеплери ҳәм қандай жүз бергенлигине анықлық киргизиў ушын тийисли қәнигелер менен ўақыя орны үйренилип шығылды.

- Автомобиль жолының кеңлиги 9 метр болып, барлық жол белгилери орнатылған. Түнги ўақытта жасалма жақтыландырылған ҳәм ҳәзирги ўақытта қарама-қарсы ҳәрекетлениўди ажыратыўшы 1.5 ҳәм 1.1 жол белгилери өшип кеткени анықланды, - дейди ҚР ИИМ ЖҲҚБ инспекторы Шухрат Каримбаев.

Хожели районлық ИИБ ЖҲҚБ баслығы Досберген Клычевтиң мәлим етиўинше, автомашиналардың техникалық жақтан сазлығы үйренилип шығылғанда еки автомашина да техникалық тексериўден өз ўақтында өткенлиги, жол-транспорт ҳәдийсесиниң келип шығыўына техникалық насазлық себеп болмағанлығы анықланған.

Таярлаған: Турсынбек Хожаниязов,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...