Усы жылдың 13-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасыўында жыйналыс болып өтти ҳәм онда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Министрлик баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри лаўазымына Усаков Даўлетбай Туребаевич тайынланған.
Д.Усаков 1972-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 1996-жылы Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтын (күндизги), 2003-жылы Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетин (сыртқы) питкерген. Мағлыўматы бойынша қәнигелиги инженер-гидротехник, экономист.
Мийнет жолын 1996-жылы Халықаралық Аралды қутқарыў қоры Нөкис филиалының экономикалық мәселелер бойынша аға референти лаўазымында ислеўден баслаған. 2004-2006-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң секретариат ҳәм комитетлеринде жумыс ислеген.
2006-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем суў хожалығы тараўында басшы лаўазымларда жумыс алып барды. 2008-2014-жыллары Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигинде басқарма баслығының орынбасары лаўазымында ислеген. Д.Усаков усы күнге шекем Нөкис районлық ирригациялық бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, көп жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри лаўазымында жумыс алып барған Ж.Узақов басқа жумысқа өткенлиги себепли лаўазымынан азат етилген еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz