Telegram karinform

Мәденият

  • 12.12.2017 15:56
  • 2565

Жеңимпазға Spark автомобили берилетуғын таңлаўда ҚМУдың 2 студенти жеңимпаз болды

Усы жылдың 9-декабрь сәнесинде Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен өткерилип атырған «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында университетимиздиң қарақалпақ филологиясы факультети 1-курс студенти Бибихадиша Жолдасбаева ҳәм усы факультеттиң 4-курс студенти Гәўҳар Зинатдиновалар сыйлы 1-орынды жеңип алып, Ташкент қаласында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алғаны университетимиз жәмәәти ҳәм барлық студентлери ушын хош хабар болды.



Таңлаўды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет – балалар ҳәм жаслар арасында китап оқыў және китапқумарлық мәдениятын арттырыў, олардың интеллектуал дәрежеси ҳәм руўхый дүньясын жетилистириўден ибарат.
Таңлаўда Бибихадиша Жолдасбаева 14-19 жаслылар, ал Гәўҳар Зинатдинова 20-30 жаслылар категориясы бойынша қатнасты. Таңлаў «Жәмийетлик-сиясий тараў билимданы», «Руўхый-ағартыўшылық бағдардағы китаплар билимданы», «Көркем шығармалар билимданы», «Мен жақсы көрген жазыўшы», «Поэзия» сыяқлы 5 шәрттен ибарат болды. Қатнасыўшылардың билимлерин тийисли тараў ўәкиллеринен дүзилген төрешилер қурамы әдил баҳалап барды. Таңлаўда 40 тан аслам газета-журналлар, руўхый-ағартыўшылық мазмундағы ҳәм көркем шығармалардан ҳәр қыйлы сораўлар түсти. Университетимиз студентлери жоқарыдағы 5 шәрт бойынша китап оқып ийелеген билим ҳәм көнликпелерин көрсетиўге ҳәрекет етти.



- Таңлаўда биз сыяқлы китап оқыўға ықлас қойған билимли жаслардың көп екенлигин көрип, оғада қуўандым. Көплеген дослар арттырдым. Таңлаў жуўмағында жеңимпаз болғанымды еситип, шексиз қуўанышқа бөлендим. Табысқа ерисиўимде университетте билим берип атырған устазларым, бирге оқып атырған группалас досларым ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы, онда жаратылған шараятлар баслы орынға ийе болды. Таңлаўдың Өзбекистан Республикалық басқышында да табыслы қатнасып, устазларымның исенимин ақлайман деп исеним билдиремен, - дейди жеңимпаз студентимиз Бибихадиша Жолдасбаева.
Ҳәзирги ўақытта олар таңлаўдың республикалық басқышына қызғын таярлық көрмекте. Студентлеримиздиң усы басқышта да жеңимпаз болып, университетимиз жасларының китапқумарлық мәдениятын жоқары дәрежеде көрсете алыўына тилеклеспиз.

Ислам МАТЕКОВ.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте