Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.07.2021 13:19
  • 593

Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Бүгин, 31-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бакалавриаттың дене мәденияты ҳәм музыкалық тәлим бағдарларына 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўы ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары басланды.

Имтиханлар ерте азаннан санитариялық-эпидемиологиялық талаплар тийкарында белгиленген жоба бойынша басланып, еки мезгилде усы жылдың 6-август күнине шекем даўам етеди.
Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Абитуриентлердиң айрықша қәбилетлерин, таярлықларын баҳалаў мақсетинде Ферғана, Наманган, Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларындағы жоқары оқыў орынларынан қәнигелер, профессор-оқытыўшылар бириктирилген.

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавр тәлим бағдарына қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар ертеңнен, 1-августтан басланыўы белгиленген.
Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Имтиханларды әдил ҳәм ашық-айдын өткериў, ата-аналар және басқа да қәлеўшилердиң имтихан барысын аралықтан турып онлайн режимде интернет арқалы тиккелей бақлап барыў имканияты жаратылған болып, ҳәр бир абитуриенттиң қатнасыўы видеожазыўға алынбақта.
Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
- Быйыл үшинши мәрте жоқары оқыў орнына кириў имтиханында қатнасып атырман. Өткен жылларда таярлығым толық болмай, оқыўға кире алмадым. Быйыл жақсы таярланып, өз қәбилетимди, талантымды көрсетиўге ҳәрекет етемен, - дейди НМПИ музыкалық тәлим бағдарына имтихан тапсырып атырған шымбайлы абитуриент Әдилбек Ерданов.

Мағлыўмат ушын, институтта 31-июль ҳәм 6-август күнлери аралығында болып өтетуғын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларына бакалавриаттың:

- дене мәденияты (соның ишинде, ҳаял-қызлар спорты) бағдарының күндизги ҳәм сыртқы бөлимлери барлық топарларына улыўма 1239;
- музыкалық тәлим бағдары күндизги ҳәм сыртқы бөлимлери барлық топарларына улыўма 222;
- сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдары күндизги ҳәм сыртқы бөлимлери барлық топарларына улыўма 297 абитуриент қатнасыўы белгиленген.
Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Педагогикалық институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен