Telegram karinform

Спорт

  • 06.08.2021 16:24
  • 966

Экологиялық таза олимпиада: Токио Олимпиадасы медальлары неден исленген?

Экологиялық таза олимпиада: Токио Олимпиадасы медальлары неден исленген?
Япония Токио Олимпиадасында БМШтың раўажланыў бағдарламасынан келип шығып, «Адамлар менен планетамыз ушын жақсы тәрепке өзгер» ураны тийкарында Жер планетасындағы адамларды дүнья жүзилик экология мәселесин шешиўге шақырмақта.

Шөлкемлестириўшилер 1964-жылы Токиода болып өткен олимпиада ойынлары Японияны пүткиллей өзгертип жибергенин айта келип, быйылғы олимпиада ойынлары арқалы дүньяда унамлы өзгерислер басланып, адамлар келешек әўладқа үлги боларлық мийрас қалдырыўға күш салады, деп үмит етпекте.

Токио Олимпиадасы шөлкемлестириў комитети «Tokyo 2020 Medal Project» жойбары тийкарында мәмлекетте жасаўшы адамлардан пайдаланыўдан шығарылған, олар ушын өз әҳмийетин жоғалтқан техникалар және қурылмаларды жыйнады.

2017-жылдан баслап Японияның барлық аймақларында гаджетлерди таслаў ушын арнаўлы қутылар орнатылды. Арадан еки жыл өтип, шөлкемлестириўшилер 79 тонна қалдықты жыйнады. Олардан 32 килограмм алтын, 3500 килограмм гүмис ҳәм 2200 килограмм бронза алған. Бул болса 5 мыңға шамалас медальды ислеўге жеткен.
Экологиялық таза олимпиада: Токио Олимпиадасы медальлары неден исленген?
Медальдың сыртқы көринисин япон дизайнери Юничи Каваниси ислеп шыққан болып, оның дизайни таңлаўға қатнасқан 400 дизайнердиң жумыслары арасынан сайлап алынған.

Медальдың сырты қайта исленген тасқа уқсайды. Шөлкемлестириўшилер медальға арнаўлы концепция ислеген. Ол «Спортшылар жетискенликке ерисиў ушын ҳәр күни жеңиске қарай умтылыўы керек» деген мағананы аңлатады. Медальдың бир тәрепинде жеңис қудайы Ника сүўретленген болса, екинши тәрепинде «Токио 2020» таңбасы ҳәм Олимпиада символы сүўретленген. Медальдың жоқары тәрепинен япон халқының миллий нағысы орын алған.

Алтын медальлар гүмистен қуйылған, тек ғана сыртына 6 грамм алтын жалатылған. Ал бронза медалы болса қызыл жезден исленген. Ҳәр бир медальдың аўырлығы 450-556 граммды қурайды. Лентасында япон халқының әййемнен киятырған қол өнери дәстүри ҳәм Олимпиада символларына дыққат аўдарылған. Медальдың қутысы японның күл ағашынан исленген болып, Олимпиада эмблемасының реңине боялған.
Экологиялық таза олимпиада: Токио Олимпиадасы медальлары неден исленген?
Японлар медальды қайта исленген шийкизаттан ислеў бойынша биринши емес. Буған шекем Ванкуверде болып өткен қысқы Олимпиадада медальлар микросхема ҳәм электр платасынан алынған темирден, ал өткен Рио Олимпиадасында болса гүмис ҳәм бронза медальлары 30% қайта исленген электр қурылмаларынан исленген еди.

Японияның «P&G» компаниясы ҳәм шөлкемлестириў комитети жеңимпазлар пьедесталын океаннан жыйналған ҳәм халық тәрепинен тапсырылған пластик шығындылардан ислеген. «Coca-Cola» компаниясы да Олимпиада жалынын алып жүретуғын адамлардың формасын пластик бутылкалардан қайта исленген материалдан тигиў басламасына қосылды.

Японлар улыўма Олимпиада хызметкерлери ҳәм волонтёрларының формасын тигиўде экологиялық таза өнимлер, қайта исленген полиэстер ҳәм өсимлик талшықларынан пайдаланған. Ал Олимпиада жалынының услағышын ислеўде 2011-жылы болған жер силкиниўи ўақтында халық қонысланған ўақытша жайлардан қалған алюминийден пайдаланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

        Ферментленген сүт ѳнимлери – кем майлы творог, йогурт, кефир нәтийжели тәсир кѳрсетеди. Дәнли ҳәм Б

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция