Telegram karinform

Спорт

  • 11.08.2021 10:53
  • 826

Мойнақта өткерилген футбол ушырасыўында жәнжел жүзеге келди

Мойнақта өткерилген футбол ушырасыўында жәнжел жүзеге келди
Усы жылдың 10-август күни Мойнақ районы «Арал» футбол стадионында болып өткен футбол бойынша Қарақалпақстан XXVIII чемпионатының 8-тур ойынында «Мойнақ сити» ҳәм Миллий гвардияның «Жайҳун» командалары футболшылары арасында жәнжел жүзеге келген.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң районлық Ишки ислер бөлимине тийкарланып хабар бериўинше, ойынның шама менен 67-минутында «Жайҳун» командасы футболшысы А.Ережеповтың «Мойнақ сити» командасы ағзасы С.Мырзамуратовты жығылтыўы ақыбетинде еки команда ойыншылары арасында келиспеўшилик жүзеге келген.

Сондай-ақ, айрым тамашагөйлер ойын төрешисиниң ҳәрекетлеринен наразы болып, футбол майданына шығып кеткен.

Районлық Ишки ислер бөлими ҳәм Миллий гвардия сақшылық бөлими хызметкерлери тәрепинен өз ўақтында унамсыз ҳәдийсениң алды алынған. Ўақыя ақыбетинде жарақат алған ямаса емлеўханаға түскен адамлар болмаған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Егер шахс нызамсыз түрде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған болса оған жеткерилген зыян мәмлекет тәрепинен қапланады

Егер шахс нызамсыз түрде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған болса оған жеткерилген зыян мәмлекет тәрепинен қапланады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 302-статьясына тийкарланып, хәкимшилик жуўапкершиликке нызамсыз түрде тартылыўы нәтийжесинде пуқараға жеткерилген зыян