Президент пәрманы тийкарында тереклерди кесиўге мораторий жәрияланғанына қарамастан, тереклердиң нызамға қайшы түрде кесилиўи елеге шекем даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ағзасы Ғайратдин Сейтеков өз каналында Нөкис қаласы орайындағы И.Кәримов гүзарында бирнеше тереклердиң кесип тасланғаны бойынша фотоларды жәриялады ҳәм бул бойынша ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетинен рәсмий мүнәсибет берилиўин сорады.«Президент пәрманына муўапық, тереклер ҳәм путаларды кесиўге енгизилген мораторий 2021-жылдың 31-декабрине шекем узайтылған еди. Усы ҳүжжет тийкарында ҳәр бир кесилген терек ҳәм путалар ушын компенсация тәризинде 10 түп қунлылығы жағынан кесилетуғын терек ҳәм путалардан кем болмаған, үлкен көлемдеги нәл отырғызыў және оларды кеминде еки жыл даўамында тәрбиялаў миннетлемеси киргизилген, - дейди Ғайратдин Сейтеков биз бенен сәўбетте. – Сондай-ақ, нызамға қайшы түрде кесилген терек ҳәм путалар ушын болса, үш жыл даўамында тәрбиялаў шәрти менен 100 түп нәл отырғызыў мәжбүрий есапланады».
Еслетип өтемиз, 2021-жылдың басынан терек ҳәм путалардың нызамға қайшы түрде кесилиўи және зыян жеткерилиўи менен байланыслы жағдайлар Өзбекстан аймақлары кесиминде анализ етилгенде, ең жоқары көрсеткиш Қарақалпақстан Республикасына туўра келгенлиги ҳаққында алдын хабар берген едик. Яғный, Қарақалпақстанда жыл басынан берли усындай 1065 жағдай анықланған.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz