Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2021-жылдың 1-сентябринен баслап бюджет мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдары 1,1 есеге көбейтиледи.
Солай етип, усы жылдың 1-сентябринен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
- мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 822 000 сум;
- базалық есаплаў муғдары – айына 270 000 сум;
- пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 289 000 сум;
- жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 565 000 сум;
- балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа – айына 622 000 сум;
- зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 440 000 сум етип белгиленди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz