Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.08.2021 17:34
  • 748

Өзбекстанда тереклерди кесиўге мораторий 2024-жылға шекем узайтылады. Экополиция шөлкемлестириледи

Өзбекстанда тереклерди кесиўге мораторий 2024-жылға шекем узайтылады. Экополиция шөлкемлестириледи
Өзбекстанда тереклерди кесиўге мораторий 2024-жылға шекем узайтылады ҳәм жуўапкершилик кескин күшейтиледи. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев елимизде экологиялық жағдайды жақсылаў, тереклерди қорғаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў илажлары бойынша видеоселектор жыйналысында атап өтти.

Мәлим болыўынша, өткен 6 айда мораторий дәўиринде 316 мың дана қымбат баҳалы тереклер сақлап қалынған. Бирақ, соған қарамастан, өткен дәўирде 2,8 мың қымбат баҳалы ҳәм 2 мыңнан аслам қунлылығы аз болған тереклер нызамға қайшы түрде кесилген.

Сонлықтан, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында экологиялық полиция шөлкемлестириледи.

Оның жуўапкершилигине экология тараўындағы нызамбузыўшылықлар, атап айтқанда, тереклерди рухсатсыз кесиў, браконьерлик, нызамсыз шығындыларды таслаў сыяқлы жағдайларға қарсы профилактикалық ўазыйпалар жүкленеди.

Экологиялық полиция Ишки ислер системасында жумыс алып барады.

Соның менен бирге, экология тараўында қолланылатуғын жәриймалар муғдары 5 есе, жеткерилген зыян ушын компенсация муғдары 2 есе көбейтиледи.

- Барлық басшылар бир нәрсени анық еситип алсын, буннан былай бирде-бир «жасыл аймақ» ҳәм жәмийетлик паркте ҳәр қандай тереклерди кесиў қатаң түрде қадаған етиледи, - деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.