«Супер контракт» баҳалары усы ҳәптениң ақырында жәрияланады. Процесс бойынша барлық ҳүжжетлер тайын болған, деп жазбақта «Kun.uz» басылымы Жоқары ҳәм орта арнаўлы министрлигине тийкарланып.Оқыўға кире алмаған абитуриентлер «супер контракт» баҳаларын билиў ушын ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларына барыўы шәрт емес.
Өйткени, биринши гезекте студентликке усыныс етилгенлер, кейин оқыўын көшириў бойынша өтиў балы ҳәм оннан жоқарысын алған категориядағы студентлер менен жумыс алып барылады.
Оқыўын көширген студентлер мәселеси толық жуўмақланғаннан соң еселенген төлемли контракт («супер контракт») тийкарында оқымақшы болғанлар өзлери ҳүжжет тапсырған жоқары оқыў орынларына мүрәжат етиўи мүмкин.
Оқыўын көшириўде жетерли балл топлай алмағанлар категориясы менен ислесиў болса 15-сентябрьден кейин басланады.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2020-жылы «супер контракт» баҳасы күндизги тәлим бағдарларында 8,6 миллион сумнан 279,4 миллион сумға шекем еди. Абитуриент топлаған балл қанша төмен болса, бағдар қаншелли абыройлы болса, «супер контракт» баҳасы да көтирилип бара береди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz