Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2021 18:17
  • 1058

Қарақалпақстандағы мектеп китапханаларына қарақалпақ тилиндеги 55 мың дана әдебий китаплар жеткерип бериледи

Қарақалпақстандағы мектеп китапханаларына қарақалпақ тилиндеги 55 мың дана әдебий китаплар жеткерип бериледи
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплериниң китапхана фондларын әдебий китаплар менен тәмийинлеў мақсетинде оларға қаржы ажыратыў белгиленген еди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм қала районлардағы мәлимлеме-ресурс орайларының китапхана фонды ушын бир ярым миллиардқа жақын қаржы ажыратылып, 55 мың дана қарақалпақ тилиндеги китаплар баспадан шығарылды, 26 мың данадан зыят өзбек тилиндеги әдебий китаплар сатып алынды.
Қарақалпақстандағы мектеп китапханаларына қарақалпақ тилиндеги 55 мың дана әдебий китаплар жеткерип бериледи
Жоқарғы Кеңес баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың 7-сентябрь күни пайтахтымыздан әдебий китаплар жүкленген китап кәрўанлары өз мәнзиллерине қарай жол алды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реимов сөзге шығып, елимизде Президентимиз тәрепинен жас әўладтың ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар болып жетилисиўин тәмийинлеў, олар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Қарақалпақстандағы мектеп китапханаларына қарақалпақ тилиндеги 55 мың дана әдебий китаплар жеткерип бериледи
Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлардың қабыл етилгенилиги, мәмлекетимизде кеңнен ен жайып атырған 5 әҳмийетли басламаның бири – китапқумарлықты раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде китап ярмаркалары, таңлаўлар турақлы түрде шөлкемлестирилип атырғанлығы үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Улыўма орта билим бериў мектеплериниң китапхана фондларын әдебий китаплар менен тәмийинлеў мақсетинде оларға қаржы ажыратыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи де мине усындай ийигиликли мақсетлерге хызмет етеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети