Сурхандәрья ўәлаятынан келип, Қарақалпақстан медицина институтының 2-курсында оқып атырған студент жигит «BBM TAYARLIQ KURSI» Telegram чат топарында қарақалпақ халқының атына қопал сөзлер менен жаман пикир билдирген жазыўлары тарқалған еди. Жағдай бойынша Қарақалпақстан медицина институты баспасөз хызмети рәсмий мағлыўмат берди.«Бул ашынарлы жағдай жүз бергени ҚМИ коллективи ағзаларын қатты ойландырды. ҚМИ студентиниң айтқан сөзлери жоқары оқыў орнында билим алып атырған адам ушын жараспайтуғыны сөзсиз», - деп жазылған рәсмий баянатта.
Усы ўақыя бойынша ҚМИ ректоры басшылығында студент жаслар қатнасыўында сәўбетлесиў болып өткен. Бул машқала себеплерин үйренгенде төмендеги жағдайлар анықланды – ҚМИ 2-курс студенти өзи ықтыярсыз «BBM TAYARLIQ KURSI» Telegram чат топарына қостырылған. Оның химия пәни бойынша басқа жигит пенен пикир алысқан хат алысыўына шеттен қыз бала қосылып, бул пикир алысыў кейин ала түсинбеўшиликке алып келген. Еки тәрептен де әдеп-икрамлылық қағыйдалары бузылған. Бул жөнинде студентлер өз пикирлерин: «Социаллық тармақлар толық тексттен негатив жерлерин үзинди етип терип қойды», - деп билдирген. ҚМИ студенти Telegram мессенджеринде айтқан сөзлери ушын қарақалпақ халқынан кеширим сорап шықты.
«Лекин, ректорат тәрепинен бул жағдай «Айрықша жағдай» деп есапқа алынды. Институтта студентлерге тәрбия, үгит-нәсият жумыслары қанаатландырарсыз дәрежеде екенлиги атап өтилди. Бул жағдай қайтадан тәкирарланбаўы ушын ҚМИ руўхыйлық бөлими баслығына тийисли тәртипте шара көрилди, машқалаға себепши болған студент И.Хусанов студентлер қатарынан шетлестирилди», - деп жазды ҚМИ баспасөз хызмети.
Ректор ҳәм ҚМИ администрациясы, деканат тәрепинен студентлерге ҳәзирги Өзбекстанда жүз берип атыған унамлы өзгерислер, елимизде алып барылып атырған сиясат, Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстан стратегиялық бағдарламалары түсиндирилип ҳәм онда миллетлер арасында татыўлық, бир-биреўге деген ҳүрмет ҳәм дослық қатнасықларды беккемлеў ҳәр бир саналы инсанның миннетли ўазыйпасы екенлиги, миллетлер арасында аўызбиршиликти бузыў, түрли қарама-қарсылықларды келтирип шығарыўға болған ҳәрекетлерге жол қоймаў жөнинде кең түрде түсиниклер берилген.
Сәўбет барысында студентлер халықлар арасында дослық-татыўлық тәрепдарлары екенлигин билдирип, алдағы ўақытлары бундай қәте-кемшиликлердиң қайталанбайтуғынлығын, ўақытты бийҳуда өткерместен, билим-илим үйрениўге бағышлайтуғынын айтып өткен.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz