Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.10.2021 12:16
  • 539

Нөкистен Шоманайға автобус қатнаўы қайта тикленди

Нөкистен Шоманайға автобус қатнаўы қайта тикленди
Шоманай районы турғынлары пайтахт Нөкис қаласынан қатнайтуғын автобус рейслери тоқтап қалғаны ҳәм қайта тиклениўине жәрдем бериўин сорап еткен мүрәжаты Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен үйренип шығылды.

Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, үйрениў даўамында «Нөкис-Шоманай-Нөкис» жөнелисиндеги автобус қатнаўы жолаўшылар ағымының аз болыўына байланыслы транспорт сарплаған қәрежетлерин қапламағы себепли тоқтап қалғаны мәлим болды.

Министрлик тәрепинен халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде «Автотранс Шымбай» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен «Нөкис-Шоманай-Нөкис» жөнелисинде қатнаў ушын еки дана автобус жолға қойылды.

Хабарда жазылыўынша, егер жолаўшылар ағымы көбейетуғын жағдайда автобуслардың санын көбейтиў имканиятлары бар. Сондай-ақ, усы жөнелис бойынша микроавтобусларды жолға қойыў жобаластырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен

Қандай жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем бериў тоқтатылады?

Қандай жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем бериў тоқтатылады?

    Ҳүкиметтиң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, төмендеги жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем берилиўи