Қарақалпақстан Республикасында жайласқан 220 кВ күшлениўли «Беруний» подстанциясында «Қарақалпақстан магистрал электр тармақлары» филиалының инженер қәнигелери тәрепинен электр энергиясына болған талаптың артыўына байланыслы жобадағы оңлаў, қурылыс-монтаж жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.Усы подстанциядағы қуўатлылығы 125 МВА болған АТ-1 трансформаторы Қарақалпақстан Республикасының үш районы – Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларын электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып табылады.
2021-жылға шекем 220 кВлық «Беруний» подстанциясында 90 проценттен жоқары жүклеме менен ислеп атырған 1 дана 125 МВАлық АТ-1 трансформаторы болған. Оның қасына қуўатлылығы 125 МВА болған АТ-2 – екинши трансформатор орнатылып, АТ-1 трансформаторының жүклемеси нормаға келтирилди. Бул болса электр тәмийнаты бойынша жобаластырылған көрсеткишлерди орынлаў имканиятын берди.
Буның нәтийжесинде Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында гүз-қыс мәўсимлериндеги электр тәмийнатында жүз бериўи мүмкин болған шеклеўлердиң алды алынды. Жумыс ислеп турған өндирислик кәрханалардың қуўатлылығының артыўы нәтийжесинде электр тәмийнаты беккемлениўиниң артыўына ерисилди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz