Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 28-октябрь күни АҚШтың Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дэниел Розенблюмды қабыллады. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди. Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм АҚШ мәмлекетлери арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм өз ара дипломатиялық байланыслар саўда-экономикалық, социаллық ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етип, бул бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығын атап өтти.
Өз гезегинде АҚШтың Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дэниел Розенблюм жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, Қарақалпақстанда жүз берип атырған үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўларға жоқары баҳа берди.
Қабыллаўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз ара пикир алмасыўлар болды.
Мағлыўмат ушын, АҚШтың Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дэниел Розенблюм Қарақалпақстанға сапары даўамында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи, Миздахқан тарийхый естелиги, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери менен танысыўы, Арал теңизине саяхаты жобаластырылған.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz