Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.11.2021 14:51
  • 838

«Сизлер климатлық апатшылыққа қарай баратырсыз». Динозавр БМШ минберинен турып адамларға мүрәжат етти (видео)

«Сизлер климатлық апатшылыққа қарай баратырсыз». Динозавр БМШ минберинен турып адамларға мүрәжат етти (видео)
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен исленген жаңа видеоролик көпшиликти таң қалдырды. Компьютер графикасы жәрдеминде исленген видеода динозавр Нью-Йорктағы БМШ Бас Ассамблеясы залына бастырып киреди ҳәм минберден турып дипломатларға глобаллық ысыў машқаласы ҳаққында сөз етеди.

- Қырылып кетиў – жаман. Не болса да бизде астероид бар еди, бирақ сизиң себеп ететуғын бәнеңиз қандай? – дейди Френки лақаплы динозавр. – Сизлер климатлық апатшылыққа қарай баратырсыз. Соған қарамастан, ҳәр жылы ҳүкиметлер жанармай қазып алыў ушын субсидияларға жүзлеген миллиардлап мәмлекетлик қаржыларды сарплайды. Бул муғдар планетамыздың барлық адамлары ушын коронавирус вакцинасын сатып алыў ямаса кәмбағаллықты толық сапластырыў ушын жеткиликли болар еди. Барлық тиришиликтиң жоқ болып кетиўин жақынластырыўдың орнына оларға жәрдем берген жақсырақ емес пе?

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Френки лақаплы динозавр видеосы БМШтың климатлық өзгерислерге арналған жаңа «Қырылып кетиўге разы болма» кампаниясының бир бөлеги болып табылады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,