Социаллық тармақларда Нөкис қаласы көшелериниң биринде жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ҳаққында материаллар жәрияланған еди. ҚР Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети ўақыя бойынша рәсмий мағлыўмат берди.Хабарда жазылыўынша, усы жылдың 1-ноябрь күни саат 11:30 лар шамасында Нөкис қаласы Өзбекстан гүзары (Төрткүл гүзары) бойындағы киши асфальт жолында Әмиўдәрья районында жасаўшы 1994-жылы туўылған пуқара Б.Ю. басқарыўындағы «Cobalt» маркалы автомобиль усы жолды кесип өтип атырған Нөкис қаласында жасайтуғын 1964-жылы туўылған пуқара Қ.Қ.ны дүгип кетиўи ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген.
Ўақыя ақыбетинде пуқара Қ.Қ. дене жарақатын алып, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайына жатқарылған.
Усы жағдай бойынша ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы тергеў бөлими тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz