Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.11.2021 16:29
  • 795

Жоқарғы Кеңес Баслығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин қутлықлады

Жоқарғы Кеңес Баслығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин қутлықлады
4-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди. Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, министрлик ҳәм шөлкемлер басшылары, мийнет ветеранлары, кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасты.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов илажды кирис сөз бенен ашты.
Жоқарғы Кеңес Баслығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин қутлықлады
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық мийнет тараўындағы ҳуқықларын қорғаў, жумысын жетилистириўге итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

2019-жыл 6-декабрь күни «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы, 2020-жыл 23-ноябрь күни «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамлары қабыл етилди. Бул жаңалық елимиздеги бес ярым миллионнан артық кәсиплик аўқамлары ағзалары тәрепинен жоқары ҳүрмет пенен күтип алынды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин қутлықлады
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов 2021-жыл даўамында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен өткерилген таңлаўлардың жеңимпазларын сыйлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин қутлықлады
Сондай-ақ, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни белгиленгенлигиниң 1 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен естелик белгилери менен сыйлықланды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлерин қутлықлады
Илаж Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

    Фото: Шерзод Икрамутдинов / “Gazeta.uz” «Педагоглардың мәртебеси ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызамның 5-статьясына муўапық, педагогды кәсиплик искерилиги