Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.11.2021 16:56
  • 813

Мойнақлы блогер 15 суткаға қамалды

Мойнақлы блогер 15 суткаға қамалды
«Ел хызметинде» газетасы 15 суткаға қамалған мойнақлы блогер ҳаққында мағлыўмат берген еди. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети ўақыяға анықлық киргизди.

Хабарда жазылыўынша, райондағы «Бозатаў» АПЖ Шағырлы аўылында жасайтуғын пуқара Б.У. районлық Ишки ислер бөлими баслығына арза менен мүрәжат етип, онда 2021-жыл 26-октябрь күни саат 16:00 лер шамасында 32-санлы шаңарақлық поликлиникасында жыйналыс болып өткенлигин, жыйналыста усы аўылда жасайтуғын пуқара К.А. ҳәммениң көз алдында турпайы сөзлер ҳәм ҳәрекетлер менен шаўқым шығарғанын билдирген ҳәм оған тийисли шара көриўди сораған.

Усы жағдай бойынша районлық ИИБ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылып, «Бозатаў» АПЖ Шағырлы аўылында жасайтуғын 1986-жылы туўылған пуқара К.А.ның ҳәрекетлеринде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлықтың белгилери анықланған. Топланған ҳүжжетлер Жынаят ислери бойынша Мойнақ районлық судына жиберилген ҳәм суд тәрепинен пуқара К.А.ға 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Абитуриентлердиң ярымынан көбиси өтиў балының ең минимум дәрежесин де топлай алмаған

Абитуриентлердиң ярымынан көбиси өтиў балының ең минимум дәрежесин де топлай алмаған

    Быйылғы жылы Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларында 1 миллион 73 мың 821 абитуриент