Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары көрип шығылып, усы жылдың 10-декабрь күнине шекем терек егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди.Қаламыздың экологиялық жағдайын жақсылаў, ҳаўаның тазалығын сақлаў ҳәм жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў менен бирге олардың қоршаған орталыққа болған сүйиспеншилигин арттырыў мақсетинде бүгин, 13-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» акциясы өткерилди.
Пайтахтымыздағы «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 6 гектарлық майданға ҳәр қыйлы декоратив, мийўе ҳәм саялы терек нәллерин отырғызыў жумысларына ерте азаннан баслап мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик уйымлар, мәкеме, кәрханалар, жоқары оқыў орынларынан ўәкиллер, жасыүлкен нураныйлар, қаламыз турғынлары ҳәм жаслардан ибарат болған бес мыңға шамалас адамлар қатнасты.
Акция қатнасыўшылары қәнигелердиң көрсетпелери тийкарында экология комитети тәрепинен усыныс етилген катальпа, павловния, япон сафорасы, қарағаш, тут ҳәм акация сыяқлы терек нәллерин отырғызды.
Акция қатнасыўшыларына атыз басында түслик аўқат таярланып, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.
Акция жуўмағында терек нәллерин отырғызыў жумысларында белсендилик көрсетип киятырған жоқары оқыў орынлары, мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик уйымлар, мәкеме, кәрханалар ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң миннетдаршылық хатлары және естелик саўғалары тапсырылды.
«Жасыл мәкан» акциясы елимиз бойлап даўам етпекте.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.