Telegram karinform

Сиясат

  • 25.11.2021 15:59
  • 1196

Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ ўәкиллери ҳәм Япония елшисин қабыллады

Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ ўәкиллери ҳәм Япония елшисин қабыллады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 25-ноябрь күни БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығы Матильда Димовска, Японияның Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёшинори Фуджияма, БМШ Халықтаныўшылық фондының Өзбекстандағы ўәкили Ю Юди қабыллады. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ ўәкиллери ҳәм Япония елшисин қабыллады
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда, әсиресе, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде келип шыққан экологиялық жағдайды жумсартыў, халықтың денсаўлығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқталып өтип, бунда халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, БМШ Халықтаныўшылық фонды ҳәмде бир қатар раўажланған мәмлекетлердиң көрсетип атырған жәрдемин айрықша атап өтти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ ўәкиллери ҳәм Япония елшисин қабыллады
Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Аралбойы аймағы, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, социаллық-экономикалық тараўларды қоллап-қуўатлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға буннан былай да көмеклесиў, өз-ара бирге ислесиў ҳәм биргеликдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

    Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.    Волгоград

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы