2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post» баспасы хабар берди, деп жазады Qalampir.uz.
Баспаның жазыўына қарағанда, Бета әўлад 2010-2024-жыллар аралығында туўылған Альфа әўладтың артынан келеди. Оннан алдын – 1997-2010-жылларда туўылған Z әўлад, 1981-1996-жылларда туўылған Y әўлад яки Миллениаллар бар еди. Демограф Марк Маккиндлдың сөзлерине бола, 2035-жылға барып, Бета әўлад дүнья халқының 16%ин қурайды ҳәм олар жасалма интеллект басқарыўында қәлиплескен жаңа дүньяда жасаўды баслайды.
«Бета әўлад күнделикли турмыстың барлық тараўларында – билимлендириў ҳәм жумыс орынларынан баслап, денсаўлықты сақлаў ҳәм кеўилашар тараўларға шекем жасалма интеллект ҳәм автоматластырылған толық интеграцияланған дәўирде жасайды» деди Маккиндл. Сондай-ақ, эксперттиң айтыўынша, бул жаңа әўлад балалары глобал климат өзгериўи, әҳмийетли социаллық машқалалар, халық миграциясы ҳәм урбанизация сыяқлы мәселелерге дус келетуғын дүньяны мийрас етип алады.
Мағлыўмат ушын, әўладлар түрли социаллық, мәдений, экономикалық ҳәм технологиялық өзгерислерге тийкарланып бөлинеди. Бул классификация бир неше тараўларда хызмет ететуғын изертлеўлер, демографлар, социологлар ҳәм мәденияттаныўшылар тәрепинен әмелге асырылады. Ең белгилиси Америка ҳәм Европаның социаллық структураларына тийкарланған болса да, глобал көлемде де қабыл етилген.
Тийкарғы әўлад классификациялары ҳәм оларды қәлиплестирген алымлар:
Baby Boomers (1946-1964): Бул классификация Америка тарийхындағы урыстан кейинги «туўылыў жарылыўы»на тийкарланып, демограф алымлар ҳәм социологлар, солардан Девид Футюрал тәрепинен үйренилген.
Х әўлад (1965-1980): Дуглас Коупленд тәрепинен биринши мәрте аталған. Бул әўлад қурамалы экономикалық шәраятта ҳәм технологиялық өзгерислер басланыўында өскен.
Y әўлад яки Миллениаллар (1981-1996): Марк Маккиндл сыяқлы демографлар бул әўладты анық белгилеген. Олар интернет ҳәм санлы кризис дәўиринде жетилискен.
Z әўлад (1977-2010): Илимий жумыслар көп жағдайларда социологлардың анализлерине тийкарланған. Бул әўлад технология ҳәм санлы дүньяға интеграцияланған ҳалда үлкейген.
Альфа әўлад (2010-2024): Автсралиялық демограф Марк Маккиндл усы атаманы биринши болып киргизген. Альфа әўлад толық санлы дәўирде туўылған.
Әўладларды классификациялаў субъектив болыўы мүмкин ҳәм көбинесе аймақлық өзгешеликлерди есапқа алмайды. Сол себепли ҳәрбир әулад ушын анық басланыў ҳәм тамамланыў сәнелери бойынша жалғыз қарар жок. Әўлад классификациялары тийкарынан Батыс мәмлекетлери тийкарында жаратылады ҳәм басқа аймақларға сәйкес келмеўи мүмкин.
Алымлар әўладларды классификациялаўда социологиялық мағлыўматлар, демографиялық тенденциялар ҳәм мәдений өзгерислерге сүйенеди. Бул процесс келешектеги социаллық режелестириў ҳәм стратегияларды ислеп шығыўда жәрдем береди.