Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик концепциясына муўапық, районларда блок-постлар орнатылыўы ҳаққында жалған мағлыўматлар тарқалмақта.ӨзР Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, «Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем тастыйықланған нормаларға тийкарланып жергиликли бюджет есабынан кеминде бир районлар аралық патруль-пост бөлимшелери шөлкемлестирилиўи белгиленген.
Социаллық тармақ белсендилеринен хабарды өзгертип талқыламаўын ҳәм рәсмий мағлыўмат алыў ушын ишки ислер уйымлары мәлимлеме хызметлерине мүрәжат етиўин сораймыз, деп жазылған хабарда.
Мәлим болыўынша, бул хабарларды тарқатып атырғанлар пәрманның текстин өзгертип талқыламақта. ӨзР Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ш.Ғиёсовтың атап өтиўинше, районлар аралық патруль-пост бөлимшелери бир жерде турып қадағалаў алып бармайды.
«Пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қосымша патрульлестириў ушын жергиликли бюджет есабынан бөлимшелер бириктириледи. Олар транспортта ямаса атларда ҳәрекетленип, патрульлик хызмет алып барады ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлейди. Ўәлаятлардың арасы узақ. Сол себепли олар бир аймаққа бириктирилип қоймастан, жумысларын районлар арасында әмелге асырады»,-деп айтып өткен Ш.Ғиёсов «Қалампир» басылымына.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz