Жақында Түркменстан президенти Гурбангулы Бердимуҳаммедов мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша комиссия дүзген еди. Усы ўақыядан бираз алдын мәмлекетте ун жетиспеўшилиги басланған, деп хабар бермекте Baq агентлиги.
Түркменстан пайтахтында таўықтың мәйеги қытшыл. Жергиликли халық буны азық-аўқаттың қымбатлаўы менен байланыстырмақта.
«Базарда өнимлер күн сайын қымбатлап бармақта. Буның үстине ток, газ ҳәм суўға коммуналлық төлемлер де өсти. Негизи елимизде мәйек ҳешқашан қымбатламаған еди», - дейди Ашхабад турғынлары.
Мағлыўматта жазылыўынша, бир ҳәпте ишинде пайтахт базарларында мәйектиң баҳасы бирнеше есеге өскен. Декабрь айының басында Ашхабадта бир мәйектиң баҳасы 40 манат болған болса, ҳәзир 60-65 манатқа көтерилген.
Ишки ислер министрлигиндеги исенимли дәреклердиң мағлыўматынша, азық-аўқатлық затлардың баҳасының көтерилиўи ўәлаятлық номери бар автомашиналардың Ашхабадқа кириўине шеклеў қойылғаны менен байланыслы.
Ислам Матеков.