Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.12.2021 17:12
  • 558

Еслеў

Еслеў
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, бирнеше жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы болып ислеген, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетжинович Ерниязов 1947-жыл 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасының Кегейли районында дүньяға келген. Ол арамызда болғанында бүгин 74 жасын қарсы алған болар еди.

Муса Ерниязов орта мектепти питкерип, 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтын, 1986-жылы Ташкент Жоқары партия мектебин питкерди.

Мийнет жолын қурылыс инженери лаўазымынан баслап, соӊынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде аға референт, басқарма баслығы, ислер басқарыўшысы болып иследи.

1983-1989-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хожалығы министри, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Мәмлекетлик мүлкти басқарыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик комитетиниң баслығы, Шымбай районы ҳәкими лаўазымларында жемисли жумыс алып барды.

2002-жылдан 2020-жыл өмириниң соңғы демлерине шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымында иследи.

Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, руўхый пазыйлетлери, Ўатанымызға болған шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан еди.

Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм адабанластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстанда соңғы жылларда жүз берген үлкен өзгерислер Муса Тажетдинович Ерниязовтың аты ҳәм әмелий хызмети менен тығыз байланыслы.

Ол қарақалпақ халқының ҳақыйқый жетекшиси сыпатында бәрқулла халықтың дәрти, тәшўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, меҳрийбан апа-қарындасларымыз, әзиз жасларымыздың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, олардың мүнәсип келешегин тәмийинлеў жолында шын мәнисинде белсендилик көрсетип, шын жүректен хызмет етти.

Муса Тажетдинович Ерниязов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, елимизде парламентаризм системасын раўажландырыў жумысларына үлкен үлес қосты, экономикалық-социаллық жақтан раўажланыўымыз ушын зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жолында айрықша белсендилик көрсетти.

Муса Тажетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери ылайықлы баҳаланды. Ол «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлери, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен қурылысшы» ҳәм «Өзбекстан Қаҳарманы» сыяқлы жоқары дәрежели атақлар менен сыйлықланған еди.

Муса Ерниязов Нөкис қаласындағы «Шорша баба» қойымшылығына жерленген болып, ол жерде мақбара бой тиклеген.

Халқымыздың уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, кеңпейил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәӊги сақланып қалады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Сиз неше саат уйқылайсыз?

Сиз неше саат уйқылайсыз?

    0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди. 3-4

1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн

1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн

    Бурынғы аўқам дәўиринде Қарақалпақстанда мәмлекетик басшылар, жумысшылар, руўхый-ағартыўшылық жолында пидайылық көрсеткен қарақалпақ халқының бирнеше мыңлаған