Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.12.2021 17:55
  • 775

Сиз қайсы әўладқа тийисли екениңизди билесиз бе?

Сиз қайсы әўладқа тийисли екениңизди билесиз бе?
Түрли жылларда дүньяға келген адамлар өз дәўирине қарай ҳәр қыйлы аталады. Бул ҳаққында «Xpress» басылымы мәлим етти.

Уллы әўлад (1901-1927-жж) – усы дәўирде туўылғанлар еки жер жүзилик урысын бастан өткерген.

Тыныш әўлад (1928-1945-жж) – бул дәўир аралығында туўылыў саны аз болған. Сонлықтан да, олар тыныш әўлад деп аталады.

«Baby bumers» (1946-1964-жж) – Инглис тилиндеги «boom» сөзи «үлкен өсиў дәўири» деген мәнисти аңлатады. Бул дәўирде көплеген нәрестелер дүньяға келген.

«X» әўлад (1965-1980-жж) – бул әўладқа оғада талапшаңлық, мийнет етиў өзгешелиги тән.

«Y» әўлад (1981-1995-жж) – технологияларға берилген ҳәм социаллық тармақларды жаратқан әўлад;

«Z» әўлад (1996-2015-жж) – бул әўлад өз ата-бабаларына қарағанда интеллекти жоқары деп есапланады. Олардың көпшилиги 11 жасқа толмастан өз смартфонына ийе болған ҳәм болмақта.

Альфа әўлад – 2024-жылға шекем туўылатуғынлар. Олардан кейин туўылатуғынлар болса Бетта, Гамма ҳәм Дельта әўладлар деп аталады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде