Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.12.2021 18:47
  • 1393

Сағынбай Ибрагимов – «Жылдың ең жақсы шығармасы» таңлаўы жеңимпазы

Сағынбай Ибрагимов – «Жылдың ең жақсы шығармасы» таңлаўы жеңимпазы
Әдебият – инсан өмиринде үлкен әҳмийетке ийе күш. Өйткени, ол жәмийеттиң раўажланыўына ҳәм инсанлардың өмирге деген көз қарасын өзгертиўге түртки болады. Сонлықтан да, бизиң мәмлекетимизде әдебиятқа, дөретиўшилерге айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң «Мәденият ҳәм спорт тараўының жәмийет турмысындағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманын орынлаў мақсетинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы ҳәм Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаўшы «Илҳам» жәмийетлик қоры менен биргеликте өткерилген «Жылдың ең жақсы шығармасы» таңлаўы жеңимпазлары анықланды ҳәм жыл даўамында белсендилик көрсеткен шайыр-жазыўшылар белгиленген номинациялар бойынша сыйлықланды. Олардың арасында бизиң жерлесимиз, шайыр Сағынбай Ибрагимов та бар.

2021-жылда қарақалпақстанлы көплеген дөретиўшилер өзлериниң поэзиялық, прозалық ҳәм драмалық шығармаларын халық нәзерине усынды. Жаңадан-жаңа басылымлар жәрияланды. Бирақ, бир жылдың өзинде төрт китап жәриялаған дөретиўши болмаса керек...

Қарақалпақ поэзиясында өзгелерге уқсамаған дөретиўшилик жолы, көп түрлиликке ийе шығармалар жыйнағы менен ажыралып туратуғын шайырлардың бири – Сағынбай Ибрагимов. Ол қарақалпақ лирикасында ҳәм мазмунлық, ҳәм формалық жақтан жаңалықлар жаратқан, өз стилин қәлиплестирип, оқыўшыны ойландырыўға, пикирлеўге мәжбүрлей алған шайыр. Дөретиўшиликке кирип келген қырқ жылға жақын ўақыт ишинде бары-жоғы төрт дана китабын («Далалар» (1982), «Бесинши мәўсим» (1986), «Жер менен аспанның аралығында» (1990) ҳәм «Таңламалы қосықлар» (2016) жәриялаған шайыр 2021-жылдың өзинде төрт жаңа шығармалар топламын басып шығарды. Соның ушын да бул жылды шайыр дөретиўшилигиндеги ең нәтийжели жыл болды деп атаў мүмкин.

2020-жыл алыс Чехиядағы перзентин көриўге барған дөретиўши жуплық – Сағынбай Ибрагимов ҳәм Гүлнара Ибрагимовалар бир жыл даўамында карантинде, өз туўған елинен алыста қалып қойды. Бирақ, Брно қаласында (Чехия) өткен ўақыт шайырдың жүрегиндеги сезимлерин қағазға түсириўге имкан жаратып берди ҳәм усы қалада «Брно дәптери» ҳәм «Брно сәўбетлери» китаплары дүньяға келди. Бул китаплардың биринде шайырдың қосықлары берилген болса, екиншисинде әдебият, дөретиўшилик ҳаққындағы ойлары зайыбы, белгили жазыўшы ҳәм аўдармашы Гүлнара Ибрагимова менен сәўбети тийкарында берилген.

Қарақалпақ халқының тарийхына байланыслы жазылған «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» этнотарийхый эссеси шайырды тарийхшы сыпатында халыққа таныстырды.

Қарақалпақстан халық шайыры, белгили аўдармашы Рустам Мусурман тәрепинен С.Ибрагимовтың қосықлары өзбек тилине аўдарылып, «Йўл ўртаси» атамасы менен өзбек тилинде жәрияланды.

Биз жоқарыда айтып өткен «Жылдың ең жақсы шығармасы» таңлаўында Сағынбай Ибрагимов «Брно дәптери» қосықлар топламы ҳәм «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» китабы ушын хошаметлеўши сыйлыққа мүнәсип деп табылды. Бул шайыр ушын ғана емес, ал пүткил қарақалпақ әдебияты, халқы ушын да үлкен жетискенлик болды деп айтсақ қәтелеспеймиз.

Жаңа 2022-жылда да шайыр Сағынбай Ибрагимовқа дөретиўшилик пәрўазлар тилеймиз.

Атағулла Сатбаев,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ әдебияты кафедрасының стажёр-излениўшиси.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

Телефонды тез-тезден тазалап турыў керек

    Биз ҳәр күни услайтуғын ең бактериялы буйым - бул мобиль телефонымыз. Он жыл алдын алымлар