Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.01.2022 18:16
  • 706

Мектеплерден қысқартылып, мәҳәллелерге: Мәҳәллелерде жаслар жетекшиси лаўазымы енгизиледи

Мектеплерден қысқартылып, мәҳәллелерге: Мәҳәллелерде жаслар жетекшиси лаўазымы енгизиледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, ҳәр бир посёлка, аўылда, сондай-ақ, қалалар, посёлкалар, аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшиси лаўазымы енгизиледи.

Жаслар жетекшиси «Жаслар балансы»н қәлиплестирип, жаслар ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына киргизип барады.

Қарар тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе «Бир нураныйға он жастан», «Кексе әўлад ушырасыўлары» жойбарлары әмелге асырылады.

Ҳәр шеректе мәҳәлледе жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жоқары көрсеткишлерге ерисип киятырған мәмлекетлик көлемде ең алдынғы 100 жетекши бир айлық мийнет ҳақыға тең муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлықланады.

Сондай-ақ, жумысларын нәтийжели шөлкемлестирип киятырған, өзиниң жеке пазыйлетлери менен жасларға үлги болып, оларға жетекшилик етип атырған жетекшилер «Жаңа Өзбекстан реформаторы» көкирек белгиси менен сыйлықланады.

2022-жыл 1-марттан жетешиниң усынысы тийкарында жасларға тийисли 13 түрдеги жәрдемлер бериледи.

Қарарға муўапық төмендегилер шөлкемлестирилди:

- Министрлер Кабинетинде Жаслар ислери секциясы;
- Жаслар ислери агентлиги, оның аймақлық басқармалары ҳәм бөлимлери структураларында мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслар менен ислесиў бөлимлери.

Мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, олардың филиалларындағы жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректорға (директор орынбасарына) биринши проректор (директордың биринши орынбасары) статусы бериледи.

Жетекши лаўазымына талабанлар районлар (қалалар)дың ҳәкимлери басшылығындағы таңлаў комиссияларын қәлиплестириў арқалы ашық таңлаўлар тийкарында жумысқа қабыл етиледи.

Жетекшиниң айлық мийнет ҳақы муғдары олар бириктирилген мәҳәллелердеги шаңарақлар санына сәйкес түрде төмендегише белгиленеди:

– хожалықлар саны 500 ге шекемги болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5 есеси (4 миллион 110 мың сум) муғдарында;
– хожалықлар саны 501 ден 1000 ға шекемги болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5,5 есеси (4 миллион 521 мың сум) муғдарында;
– хожалықлар саны 1000 нан аслам болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 6 есеси (4 миллион 932 мың сум) муғдарында.

Басқа аймақлардан келип ислеп атырған жетекши ушын базалық есаплаў муғдарының 2 есесине шекем (540 мың сумға шекем)ги муғдарда турақ жай ушын ижара төлеми төлеп бериледи.

Сондай-ақ, жыл жуўмағы бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен жетекшилерге ипотека кредити тийкарында сатып алынып атырған турақ жай баҳасының 50 проценти муғдарында субсидия бериледи.

Жетекши лаўазымына жумысқа қабыл етилген адамлардың әскерий ҳәм арнаўлы дәрежелери сақлап қалынады.

Қарарға муўапық, жетекшилердиң, сондай-ақ, Жаслар ислери агентлигиниң мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслар менен ислесиў бөлимлери хызметкерлериниң штат бирликлери улыўма орта билим бериў мектеплериндеги 10 008 жаслар жетекшилери штат бирликлерин қысқартыў есабынан қәлиплестириледи.

Жетекши лаўазымына жаслар менен ислесиў тәжирийбесине ийе, жасларды изине ерте алатуғын, жеке пазыйлетлери менен үлги көрсеткен, пидайы, садық ҳәм халықшыл талабанлар тайынланатуғыны атап өтилген.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қайта шөлкемлестирилгеннен соң министрлик, комитет ҳәм агентликлер қурамында қандай өзгерислер болыўы анық болды

Қайта шөлкемлестирилгеннен соң министрлик, комитет ҳәм агентликлер қурамында қандай өзгерислер болыўы анық болды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,

24 мәмлекетлик басқарыў уйымының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди

24 мәмлекетлик басқарыў уйымының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,

Өзбекстанда министрликлер қурамына жаңа өзгерислер енгизилмекте

Өзбекстанда министрликлер қурамына жаңа өзгерислер енгизилмекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,