Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде районға Ферғана ўәлаяты исбилерменлери бириктирилип, ўәлаят ҳәкими ҳәм басқа да жуўапкерлери тәрепинен районның ишки имканиятлары үйренилип шығылған еди.Бозатаўдың боз топырағы бағшылықты раўажландырыўға оғада қолайлы екенлиги ҳәм ўәлаяттың топырақ өнимдарлығына сәйкеслиги себепли, усы тараўды раўажландырыў ушын Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ўәлаятлық Кеңеси ҳәм Қува районы ҳәкимлиги тәрепинен Бозатаў районына 6000 түп мийўе нәллери саўға етилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Алып келинген алма, алмурт, ерик, қәрели, шабдал, шийе, бийи, анар, ғоза сыяқлы мийўе нәллериниң ең жоқары сортларын отырғызыў мүддетлери ҳәм тәрбиялаў технологиясы ўәлаяттың бул бағдарда үлкен тәжирийбеге ийе болған жетик исбилерменлери тәрепинен толық түсиндирилди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz