Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2022 15:22
  • 748

Өзбекстанда 1-2-класс оқыўшылары «үйге тапсырма»сыз оқыйды

Өзбекстанда 1-2-класс оқыўшылары «үйге тапсырма»сыз оқыйды
Өзбекстанда 2022-2023-оқыў жылынан баслап мектеп оқыўшыларын баҳалаў системасы қайта көрип шығылады. Бул ҳаққында Республикалық билимлендириў орайының баспасөз хаткери Моҳира Нуруллаеваға тийкарланып Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.

Атап өтилиўинше, миллий оқыў бағдарламасына муўапық 1- ҳәм 2-класс оқыўшылары ушын үйге тапсырмаларының алып тасланғанлығы себепли үйге тапсырмалардың баҳалары бийкар етилмекте. Шеректеги жуўмақлаўшы баҳалар ағымдағы баҳаларға, жыллық баҳалар болса шереклердеги баҳаларға байланыслы болмайды.

Оқыўшылар тапсырмаларды жақсы баҳаға орынламағанша, оларға баҳа бермеў усыныс етиледи, делинеди хабарда.

Атап өтилиўинше, питкериўши класслар ушын кәсиплик талаплардың орынланыў дәрежесине қарап баҳалаў системасы енгизиледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...