Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.03.2022 17:04
  • 498

Берунийде Бухара суўынын аўлаған пуқаралар тәбиятқа 40 миллион сумнан аслам муғдарда зыян жеткерди. Жынаят иси ашылды

Берунийде Бухара суўынын аўлаған пуқаралар тәбиятқа 40 миллион сумнан аслам муғдарда зыян жеткерди. Жынаят иси ашылды
Усы жылдың 23-февраль күни Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы, Беруний районлық ИИБ ҳәм Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты хызметкерлери менен биргеликте өткерилген қадағалаў илажлары нәтийжесинде Беруний районында жасайтуғын пуқаралар Ш.А. ҳәм М.К. алдын ала жынайы тил бириктирип, мәмлекетлик белгиси болмаған қызыл реңли тиркемели «ИЖ» маркалы мотоцикл менен пуқара Ш.А.ға тийисли рухсатнамасы болмаған «ТОЗ» маркалы 2х16 калибрли аң аўлаў қуралы жәрдеминде Беруний районы «Байбазар» АПЖ аймағында жайласқан ишки асфальт жолы бойында Өзбекстан Республикасының «Қызыл китабы»на киргизилген 1 бас Бухара суўынын нызамға қайшы тәризде аўлап, набыт еткенлиги ақыбетинде Өзбекстан Республикасы ҳайўанат дүньясына 40 500 000 сумлық көп муғдардағы материаллық зыян жеткерген.

Прокуратура баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы жағдай бойынша Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы тәрепинен усы жылдың 28-февраль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 202-статьясы 3-бөлими «ж» бәнти ҳәм 248-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылды.

Ҳәзирги ўақытта жынаят иси бойынша тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...