Telegram karinform

Сиясат

  • 01.03.2022 17:32
  • 782

Өзбекстанда жаңадан мәмлекетлик комитет шөлкемлестирилди ҳәм оның басшысы тайынланды

Өзбекстанда жаңадан мәмлекетлик комитет шөлкемлестирилди ҳәм оның басшысы тайынланды
Усы жылдың 1-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети баслығы лаўазымына Зулайҳо Маҳкамованың кандидатурасын көрип шықты ҳәм мақуллады.

Президент Шавкат Мирзиёев бүгин болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде:

«Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында да ҳаял-қызларға мүнәсип шараятлар жаратыў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселесин ең әҳмийетли бағдарлардың бири сыпатында бийкарға белгилемедик.

Усы әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын системалы тәризде ҳәр бир мәҳәлле кесиминде әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде бүгин Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетин шөлкемлестириў бойынша пәрманға қол қойдым», - деп айтып өтти.

Жаңа комитет баслығы болып тайынланған З.Маҳкамова бир ўақыттың өзинде Бас министр орынбасары ҳәм Сенат ағзасы сыпатында жумыс алып барады.

Орынлардағы комитеттиң ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық басшылары ҳәкимлердиң орынбасарлары болады.

Жаңа комитет Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры және «Ҳаяллар дәптери» қорын өз басқарады.
Өзбекстанда жаңадан мәмлекетлик комитет шөлкемлестирилди ҳәм оның басшысы тайынланды
Соның менен бирге, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бүгинги мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министри лаўазымына Абдулла Қўлдошевтиң кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы