Telegram karinform

Сиясат

  • 01.03.2022 17:50
  • 803

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги қайта шөлкемлестирилди

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги қайта шөлкемлестирилди
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги сыпатында қайта шөлкемлестирилди. Министрликке басшылық етиў Президент мәсләҳәтшиси Турсынхан Худайбергеновқа жүклетилди.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев бүгин болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтип:

«Перзентлеримиздиң тәрбиясында нураныйларымыздың билимлери ҳәм өмирлик тәжирийбесинен кең пайдаланыўымыз зәрүр», - деди.

Сонлықтан, «Нураный» қорының баслығы Содиқжон Турдиев министрдиң биринши орынбасары болатуғыны белгиленди.

«Буннан былай мәҳәлле системасында да пүткиллей жаңа система жаратылады. Орынларда бул ўазыйпа тиккелей ҳәкимлердиң жуўапкершилигине жүкленеди, ҳәким орынбасары лаўазымы қысқартылады.

Мәҳәлле баслығы өз аймағында ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлардың жумысларын муўапықластырады ҳәм мәҳәлледе өз ара биргеликте жумыс ислеўди тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Президент Халық қабыллаўханаларының ўазыйпалары да буннан былай қала ҳәм районнан мәҳәллеге түседи, мәҳәллелер кесиминде пуқараларды қабыллап, олардың мәселелерин шешиўге жәрдем береди», - деп атап өтти Президент.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан