Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2022 11:55
  • 576

Аўғанстан аймағынан Термиз қаласындағы әскерий объектлерге ракета ҳүжими болғаны ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди

Аўғанстан аймағынан Термиз қаласындағы әскерий объектлерге ракета ҳүжими болғаны ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизилди
Айырым Telegram-каналлар тәрепинен Аўғанстан аймағынан Өзбекстанның Термиз қаласындағы әскерий объектлерге ракета ҳүжими шөлкемлестирилгени ҳаққында хабарлар тарқатылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хаткери Ш.Асадов бундай хабарлардың ҳақыйқатқа улыўма туўра келмейтуғынлығын, еки мәмлекет арасындағы мәмлекетлик шегарада ҳеш қандай әскерий белсендилик бақланбағанлығын мәлим етип, пуқаралардан провакацияларға берилмеўин сорады.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги «Өзбекстан-Аўғанстан» мәмлекетлик шегарасы Өзбекстан әскерлери тәрепинен толық қадағаланып, турақлы жағдай тәмийинленгенлигин хабарлады ҳәм пуқаралардан бундай мазмундағы хабарларға исенбеўди, рәсмий дәреклерден пайдаланыўды сорады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда