Монголия пайтахтында старт алған спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатының дәслепки күнинде медальлар ушын гүрес алып баратуғын палўанлар мәлим болды. Бул ҳаққында «Olympic.uz» сайты хабар берди.
-87 кг салмақ категориясында беллесиўлер алып барған Токио Олимпиадасының қатнасыўшысы, қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов шерек финалда Монголия (11:0), ярым финалда Ҳиндстан (8:0) палўанларына бирде-бир упай берместен, үлкен парқ пенен жеңиске еристи ҳәм финал жолламасын қолға киргизди.
Жалғасбай алтын медаль ушын иранлы Носир Ализода менен беллесиўге түседи.
Финал:
-87 кг: Жалғасбай Бердимуратов (Өзбекстан) – Носир Ализода (Иран).
Финал нәтийжелери ҳаққында қосымша мағлыўмат беремиз. Сайтымызды бақлап барың.
Ислам Матеков,
Karinform.uz
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz